ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Музыкалық тәлим кафедрасы жәмәәти Нөкис қаласындағы «Мүриўбет үйи»нде концерт шөлкемлестирди

Институтымыздың педагогика факультети музыкалық тәлим кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм талантлы студентлери Нөкис қаласында жайласқан майыплығы болған ҳаял-қызлар «Мүриўбет үйи» интернатына барып, тәрбияланыўшылардың жағдайынан хабар алды.

Кафедра жәмәәти ҳаял-қызларды жақынласып киятырған «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы менен қызғын қутлықлап, өзлери таярлап келген концерт бағдарламасын оладың итибарына усынды.

Концерт жуўмағында кафедра жәмәәти тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, усы күни кафедра жәмәәти «Мүриўбет үйи» тәрбияланыўшылары тәрепинен исленген қол мийнети өнимлери менен танысты.