Институт ректоры Нөкис районындағы мектепте ректор саатын өтти ҳәм оқыўшыларға китаплар саўға етти

Нөкис районы орайындағы 1-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде 9-класс оқыўшыларына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлектлик педагогикалық институты ректоры, физика-математика илимлери кандидаты, доцент Отемуратов Байрам Пердебаевич ректор саатын өтти.

Сондай-ақ, мектеп фондына ҳәм оқыўшыларға әдебий, сабақлық китаплар менен баҳалы саўғалар тапсырды.

 

Дәрек: Нөкис районы ҳәкимлиги баспасөз хызмети