Физика-математика факультетинде мини футболдан жарыс болып өтти

«20-сентябрь – Халықаралық студентлер спорты күни» мүнәсибети менен институттың физика-математика факультетинде оқып атырған студентлер арасында спорттың мини футбол түринен жарыс өткерилди.

Жарыс оғада қызғын беллесиўлерге бай болды. Жарыс жуўмағында факультеттиң мектеп менеджменти бағдарының 1-а топар студентлери кубок жеңимпазы болды.

2-орын информатиканы оқытыў методикасы бағдарының 1-б топарына, 3-орын математиканы оқытыў методикасы бағдарының 1-а ҳәм 1-б топарларына несип етти.