Мектепке шекемги билимлендириў факультетинде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша мәжилис өткерилди

Мектепке шекемги билимлендириў факультетинде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ишки ислер бөлими хызметкерлери менен мәжилис өткерилди.

Мәжилисти факультет деканы М.Алламбергенова ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бүгинги күнде жəмийетимиз раўажы ҳəм гүллеп жаснаўына тосқынлық етип атырған коррупция сыяқлы унамсыз иллетлер тек ғана бизиң жəмийетимиз ушын емес, ал пүтки дүнья жүзине қəўип салып атырғанлығын, соның менен бирге пүткил дүнья жүзиндеги ең глобал машқалалардың бири болған диний экстремизм, терроризм, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық сыяқлы улыўма адамзатқа қәўип салып атырған иллетлер туўралы кең түрде тоқтап өтип, бундай жаман иллетлердиң алдын алыў ушын оған саналы түрде ҳәмме биргеликте қарсы гүресиў зәрүрлигин атап өтти.

Мəжилисте Нөкис қалалық ИИО ЖМБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспектор, майор Т.Қарлыбаева, аймақлық профилактика аға инспекторы, каптан М.Икметуллаевлар шығып сөйлеп, жынаятшылықтың, соның ишинде ҳаял-қызлар жынаятының алдын алыў бойынша алып барып атырған жумыслар ҳаққында, мәмлекетимизде жаратылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып, мәмлекетимиздиң еле де гүллеп жаснаўында ҳәм тынышлықты көз қарашығындай сақлаўда биргеликте жумыс алып барыўға шақырды.

Президентимиздиң коррупция ҳаққында берген тапсырма ҳәм ўазыйпалары, оған қарсы гүресиў жоллары ҳаққында түсиниклер берилди. Буннан соң мəжилисте мектепке шекемги билимлендириў факультети руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары Д.Бектурсынов сөзге шығып бундай жаман иллетлерлерге қарсы гүресиўде бирге ислесиў кереклиги ҳаққында айтып өтти.

Мәжилисте профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден толық жуўаплар алды.