Физика-математика факультетинде муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы белгиленди
«1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен институттың физика-математика факультетинде 1-курс студентлериниң басламасы ҳәм жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси А.Утепбергенова, белсендиси Ш.Маратовалардың шөлкемлестириўинде байрам илажы болып өтти.
Байрам кешесин институт жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Б.Гүлимбетов ашып берди.
Кешеде студентлер атқарыўындағы ҳәр қыйлы сахналық көринислер, аяқ-ойынлар, қосықлар атқарылып, оқытыўшылар ушын мүнәсип байрам тамашалары қойып берилди.
