Арал бойында Наўрыз әййямы

2019-жыл 26-март. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бас бинасы алды байрамға сай тәризде безелген, ояныў, жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы кейпиятын беретуғын жағымлы музыкалар жаңлап тур.

Байрам сейили институт тарийхы ҳәм бүгинги күни ҳаққында мағлыўмат беретуғын сүўретлер, китаплар, әсбап-үскенелер, ҳәр қыйлы буйымлар, сондай-ақ, елимиз тарийхынан сөйлейтуғын тарийхый табылмалардың көргизбеси менен басланды.

Бас бинаның еки қапталында институт факультетлериниң Наўрыз байрамына арналған миллий тағамлар, студентлердиң өзлери тәрепинен тоқылған миллий липаслар көргизбеси де байрам нәпесин уласты.

Сейилде «Билим» баспасы тәрепинен басып шығарылған китаплар көргизбеси ҳәм ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Институттың үлкен спорт майданшасында арқан тартыс, қол гүреси, тас көтериў, палўанлар гүреси, шүллик, қашарман топ сыяқлы халық ойынлары ойналып, пәтпелек ушырыў бойынша факультетлер арасында жарыс өткерилди.

Соның менен бирге, студентлер турақ жайы алдында Наўрыз байрамы тағамлары болған сүмелек ҳәм палаў писирилип, мийманларға уласылды.

Саат 10:00. «Арал бойында Наўрыз әййямы» атамасындағы байрам сейили ҳәм театрластырылған музыкалы-хореографиялық концерт бағдарламасы басланды. Илажды институт ректоры Байрамбай Отемуратов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм халқымызды улыстың уллы күни – Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Концерт бағдарламасы институт студентлериниң «Үмит булағы» атамасындағы театрластырылған музыкалы композициясы менен басланды. Концертте елимиздеги миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик, аўызбиршилик орталығын көрсетип беретуғын сахналық көринислер, атап айтқанда, түркменше, қазақша, өзбекше, кавказ халықлары намалары, италянша, русша қосықлар атқарылып, жыйналғанларға байрам кейпиятын уласты.

 

Концертте институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, «Сый перде» дуўтаршылар ансамбли, «Туран» студентлер-театр студиясы ҳәм талантлы студент-жаслары атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлар атқарылды.

Байрам халық сейилине уласып, жыйналған адамлар институт алдында сейил етти.

 

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.