НУКУССКИЙ ГОСУДАРСТВЕННЫЙ ПЕДАГОГИЧЕСКИЙ ИНСТИТУТ ИМЕНИ АЖИНИЯЗА

Отдел международного сотрудничества

Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы

Утениязов Казим Кеулимжаевич
Телефон:  
E-mail:  

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты халық аралық байланыслар бөлиминде соңғы жыллары бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр. 2021-жыл ҳалатына 31 шет ел ЖООлары менен шәртнама ҳәм меморандум дүзилген. Шет ел талабалериниң саны 28ди қурайды.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында” 2018-жыл 25-октябрьде “Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында ҳәм де оны раўажландырыў илажлары ҳаққындағы” PF-5850-санлы ҳәм 2019-жыл 8-октябрьдеги “Өзбекстан Республикасы “Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 2030 жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы PF-5847-санлы буйрығына тийкарланып институттың 2020-2021-жыл жол картасында жоқары рейтинге ийе шет ел ЖООлары менен билимлендириў системасын жетилистириў ҳәм стажировка өтиў бойынша тийисли бәнтлери бойынша тәмийнлеў мақсетинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм де “Мevlana” дәстури бойынша Түркия Республикасы Анқара университети (2019-йил 10-сентябрь), Стамбул университети (2019-жыл 17-декабрь) жойбары меморандумларына қол қойылды ҳәм де усы жойбарларға тийкарланып 2020-жыл март айында Туркияның Анкара ҳәм Истанбул университетлерине Өзбек тили кафедрасы баслығы Ш. Юлдашева, Өзбек әдебияты кафедрасы баслығы С.Матякубовлар илимий тәжрийбесин арттырып келди.  Институттың Россия Федерациясының Кубан мәмлекетлик университети менен дүзилген шәртнамасына (2018-жыл 19-октябрь) тийкарланып талабалердиң академиялык мобиллик программасына қатнасын тәмийинлеў мақсетинде Рус тили ҳәм әдебияты бағдары 1-курс магистратура қәнигелиги талабасы А.Маратова, Tәлим тәрбия теориясы ҳәм методикасы 1-курс магистратура қәнигелиги талабасы А.Сапарниязова. Усы университетке институттың 2020-жыл 20-январь 15 k/4-санлы буйрығына тийкарланып 2020-жыл 27-январь сәнесинен баслап II семестр (бәҳәрги семестр)де оқыўға барып келди.

 Дүньяның TOP 1000 лығына кирген ЖОО менен кадрларды таярлаўды раўажландырыў мақсетинде ҳәм институттың Қазақстан Республикасы Нур-Султан қаласында жайласқан Л.Н. Гумилев атындағы Евроазия миллий университети менен дүзилген меморандумға (2018-жыл 8-ноябрь) тийкарланып талабалардың академиялық мобиллик программасына қатнасын тәмийинлеў мақсетинде бакалавр тәлим бағдарынан 18 талаба усы университетке институттың 2020-жыл 15-январь 12 k/4-санлы буйрығына тийкарланып 2020-жыл 30-январь сәнесинен баслап II семестр (бәҳәрги семестр) де оқыўға барып келди. Интитуттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Д.Мамырбаева ҳәм Я.Генжемуратовлар 2020-жыл 29 январь 1-феврваль күнлери АҚШ елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилген UNICEN АҚШ ҳәм Орта Азия ЖООлары ортасында байланысларды кеңейтиў платформаларына тийкарланған семинарда қатнасып қайтты.

АҚШ мәмлекетлик департаменти талабаларға инглис тилин STEM бағдары тийкарында оқытыў бойынша институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасында English Access Microscholarship Program -STEM гранты әмелде болып институтқа усы күнге шекем  94. 322. 150  сум муғдарында түсим болды.

 Өзбекстандағы АҚШ елшиханасының 2020-2022-жылларға мөлшерленген  SUZ80020GR0037 – санлы “English Access Microscholarship Program” жойбарын әмелге асырыў ушын 55 000 АҚШ доллары (573 485 000 сум) муғдарындағы грант. Грант мақсети, Нөкис қаласында жайласқан орта  мектеплеринде оқып атырған 48 (3 топар) оқыўшыларға еки жыл даўамында бийпул инглис тили курсларын шөлкемлестириўден ибарат. Нөкис қаласындағы №1, №37 қәнигелестирилген орта  мектеплериниң оқыўшыларынан ибарат топарлар дүзилди.

 Грант 2020-жыл октябрь айынан баслап ҳәм де институттың арнаўлы есап бетине 6 айға мөлшерленген пул қәрежети $ 16 097 (167 843 419 сум)  муғдарында түсим болды.

 Соның менен бирге АҚШ елшиханасының 2020-2022-жылларға мөлшерленген  SUZ80020GR0049 – санлы “Satellite Access Program” мини – грантын  әмелге асырыў ушын 24 700 АҚШ доллары муғдарындағы гранты қолға киритилди. Бул жойбар координаторы Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы оқытыўшысы Кенжебаева Гулнур. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын Хожели районындығы 3-санлы орта билим бериў мектеби таңлап алынды ҳәм сол мектептиң оқыўшыларынан ибарат 2 топар дүзилди.

Бул мини-грант өз жумысын 2020-жыл октябрь айынан басланған. Соның менен бир қатарда бул жойбардың жүритилиўи Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 9-декабрь күнги 87-03-5132-санлы хатының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кафедра филиалы сыпатында жүритилиўи мақсетке муўапық болады.“Language Teacher Education and Curriculum Design Exchange with an Emphasis on Plurilingualism and Multiculturalism” атамасындағы  жойбар АҚШтың Вермонт штатының  Братлборо қаласында жайласқан School  for International Training (SlT) пенен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ортасында меморандум дүзилген. Бул проект ноябрь айынан басланды. Бул проекттиң даўамлылығы 2021жыл 30-июньға шекем.  22-декабрь 2020-жылы институтта Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев пенен ушырасыў болып, онда Франция оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) директоры, доктор Жак Микулович видеоконференция байланыс тәризинде өткериди. Ушырасыўда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Франция оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) арасында инклюзив билимлендириў бағдарында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

 Ҳәзирги ўақытта институмыз Малайзия ҳәм Пакистан мәмлекетлери жетекши ЖООлары менен видеоконференция байланыс тәризинде байланысып, биргеликте академиялық мобиллик программасы  ҳәм де ЖООлар арасында байланысты раўажландырыў бойынша шәртнамалар таярланбақта.

 

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сырт ел мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўи ҳаққындағы МАҒЛЫЎМАТЛАР

1 Москва мәмлекетлик педагогикалық университети Россия Федерациясы
2 Сочи мәмлекетлик университети Россия Федерациясы
3 «Болашақ» академиясы Қазақстан  Республикасы
4 К. Жубанов атындағы Ақтөбе регоиналлық университети Қазақстан  Республикасы
5 Қазақ-рус халық аралық университети Қазақстан  Республикасы
6 С. Баишев атындағы Ақтөбе университети Қазақстан  Республикасы
7 Сибирь федерал университети қасындағы математика ҳәм фундаментал физика институти Россия Федерациясы
8 Беларуссия техника университети Беларуссия
9 Норвич тил оқытыў институти Англия
10 Ш.Есенов атындағы Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети Қазақстан  Республикасы
11 Қубла-Қазақстан мәмлекетлик педагогикалық университети Қазақстан  Республикасы
12 Сибирь федераль университети Россия Федерациясы
13 Тәжикстан Миллий университети Тәжикстан Республикасы
14 Россия илимлер академиясы П.П.Ширшов атындағы океанология институты Россия Федерациясы