Тарийх-география факультети 1-курс студентлери арасында жарыс өткерилди

Институтымыздың мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен тарийх-география факультети 1-курс студентлери арасында «Сиз нызамды билесиз бе?» атамасындағы таңлаў болып өтти.

Оған миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 1-а курс студентлериниң «Авесто», усы тәлим бағдарының 1-б курс студентлериниң «Өзбекстан жаслары», тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 1-а курс студентлеринен дүзилген «Ҳуқық пасбанлары», усы тәлим бағдарының 1-б курс студентлериниң «Тараққий», 1-в курс студентлеринен ибарат «Әдалат» ҳәм географияны оқытыў методикасы тәлим бағдары 1-б курс студентлеринен дүзилген «Лидер» командалары қатнасты.

Таңлаў сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм сахналық көринис сыяқлы 3 шәрттен ибарат болды.

Студентлердиң ҳәр бир шығыўларын институт профессор-оқытыўшыларынан ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағына муўапық. 1-орынды «Өзбекстан жаслары», 2-орынды «Ҳуқық пасбанлары» ҳәм «Тараққий», 3-орынды «Авесто», «Әдалат» ҳәм «Лидер» командалары жеңип алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Рамазан Утепбергенов,

Тарийх-география факультети студенти.