Pitkeriwshiler klubı

«Өзбекстан Қаҳарманы» болған институтымыз питкериўшилери

  Алланияз Өтениязов

Алланияз Өтениязов 1936-жылы 1-июнь күни Кегейли районы Халқабад ширкет хожалығының «Дослық» бөлиминде, дийқан шаңарағында дүньяға келген. Ол 1956-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның шет тиллери факультети инглис тили бағдарына оқыўға киреди ҳәм оқыўын 1962-жылы питкереди. Студентлик жылларында пахта теримине қатнасып, ҳәр жылы 15-16 тоннадан аслам пахта теретуғын болған. Ол 1962-2002-жыллары Нөкис районындағы 4-санлы мектепте муғаллим болып ислейди. Алланияз Өтениязов өмирлик жолдасы менен бирге бир ул, еки қызды тәрбиялап, кәмалға келтиреди. 1954-жылдан баслап өзиниң жазғы дем алыс ўақытларын қайыр-сақаўат жумысларына бағышлап, кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳәм жетимлерге жай салып бериў менен шуғылланған. Өмири даўамында 40 турақ жай, 2 мектеп, 30 орынлық 2 балалар бақшасы, 2 медициналық хызмет орны, 1 китапхана имаратын өз мийнети арқасында қурып питкерип, халыққа саўға еткен. 2000-жылы 15 гектарлық майданға бағ егеди. Алланияз Өтениязовтың бундай мийнетлери жоқары баҳаланып, оған «Өзбекстан селекционерлери» ҳүрметли атағы, «Меҳнат шуҳрати» ордени берилген. Оның өмири ҳәм ийгиликли жумыслары ҳаққында 3 фильм исленди. Оның мийнетлери дүньяда теңсиз атанып, «Гиннес рекордлары» китабына киргизилди. Ҳүкиметимиз тәрепинен Алланияз Өтениязовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, 2001-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Төлепберген Қайыпбергенов  

Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жылы 7-май күни Кегейли районы «Шортанбай» аўылында дүньяға келген. 1947-жылы Хожели педагогикалық оқыў орнын, 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның рус тили ҳәм әдебияты факультетин табыслы питкерип шығады. Кейин ала «Әмиўдәрья» журналының әдебий хызметкери, бас редакторы, Қарақалпақстан радиосы баслығының орынбасары, республикалық газеталарда бас редактор, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз комитети баслығының орынбасары лаўазымларында жумыс ислейди. 1980-жылдан баслап 2015-жылға шекем Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы болып ислейди. Төлепберген Қайыпбергеновтың дәслепки китабы 1958-жылы жарық көрди. Сол ўақыттан баслап оның өмири даўамында 93 китабы қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм басқа тиллерде баспадан шығарылды. Төлепберген Қайыпбергеновтың мийнетлери жоқары баҳаланып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы ҳүрметли атағы берилди. Соның менен бирге, ол Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы, Өзбекстан Республикасының Қашқарий атындағы ҳәм бурынғы Аўқамның М.Шолохов атындағы Халықаралық сыйлықларының лауреаты болып есапланады. Төлепберген Қайыпбергеновқа 2003-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Ибрайым Юсупов  

Ибрайым Юсупов 1929-жылы 5-май күни Шымбай районының «Азат» аўылында дүньяға келди. Оның әкеси диний улама сыпатында қуўдалаўға ушырап, сүргинде дүньядан өткен. Анасы Ханбийби еки ул, төрт қызды бир өзи кәмалға келтиреди. Ибрайым Юсупов 13 жасынан баслап мийнет ете баслайды. 1945-1949-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) студенти, 1949-1962-жыллары институттың әдебият пәни муғаллими, 1961-1962-жыллары «Әмиўдәрья» журналының редакторы, 1962-1965-жыллары «Әмиўдәрья» журналында илимий хаткер, 1965-1980-жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, 1980-1988-жыллары ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бас редакторы, 1988-1994-жыллары Қарақалпақстан тынышлық комитети баслығы, 1994-2000-жыллары Қарақалпақстан «Ағартыўшылық, мәдений ҳәм руўхыйлық» социаллық орайының баслығы ўазыйпасында жумыс иследи. Оның көплеген қосықлары дүньяның көплеген тиллерине аўдарма исленген. Өмири даўамында ислеген мийнетлери ушын оған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры атағы берилген. 2004-жылы Ибрайым Юсуповқа «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Вера Борисовна Пак  

Вера Пак 1938-жыл 13-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында туўылған. 1961-жыл Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкергеннен соң, Хийўа қаласындағы 3-мектепте муғаллим, районлық халық билимлендириў бөлими инспекторы ўазыйпаларында ислеген. Ол 2001-жылы жоқары дәрежедеги «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағына ийе болған еди. Вера Пак 1985-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем Хийўадағы меҳрийбанлық үйиниң директоры ўазыйпасында иследи.

 

 

 

 

 

Ғайратдин Хожаниязов  

Ғайратдин Хожаниязов 1948-жылы 12-декабрьде Қараөзек районында дүньяға келди. Ол 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерип, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалы, Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының археология секторында өзиниң мийнет жолын баслайды. М.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинде, бурынғы Аўқам Илимлер Академиясының археология институтында (1974-1977-жж) тәжирийбесин арттырып қайтты. 1981-1984-жыллары аспирантурада оқып, 1996-жылы кандидатлық диссертациясын табыслы қорғайды. 2000-жылдан берли Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими, Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының археология бөлимин басқарып келмекте. Ғайратдин Хожаниязов 130 илимий, 100 ден аслам илимий-жәмийетлик жумыслардың авторы болып табылады. Атап айтатуғын болсақ, «История развития фортификации античного Хорезма», «Культова-погребалные памятники Каракалпаков XVII-XIX веков по материалам могильника Крантау» атамасындағы мақалалар, «Даукескен-Вазир (Источники, топография и хронология)», «The military architecture of ancient Chorasmia (6 thcentury BC -4 th century AD)», «Қадимги Хоразм мудофаа иншоотлари» атамасындағы монографиялары, илимий дөретпелерин жазған. 2001-жылы «Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы» естелик белгиси, 2003-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған. Ғайратдин Хожаниязовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, 2008-жылы оған «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Институтымыз питкериўшилери болған академиклер  

Марат Нурмуҳаммедов

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, филология илимлериниң докторы, профессор Марат Нурмуҳаммедов 1950-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1953-жылы кандидатлық, 1965-жылы докторлық диссертациясын қорғаған. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери. Өзбекстан Республикасының Беруний атындағы, Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықларының лауреаты болған. Қарақалпақстан Республикасынан шыққан биринши академик болып есапланады.

 

 

 

 

Сабыр Камалов  

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, тарийх илимлериниң докторы, профессор Сабыр Камалов 1948-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1953-жылы кандидатлық, 1969-жылы докторлық диссертацияларын табыслы қорғаған. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Нью-Йорк академиясының ҳақыйқый ағзасы болған. Сабыр Камалов Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы лауреаты болған.

 

 

 

 

 

Амин Бахиев  

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, биология илимлериниң докторы, профессор Амин Бахиев 1961-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1967-жылы кандидатлық, 1983-жылы докторлық диссертацияларын қорғаған. Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери. Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты есапланады. Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Биоэкология институтының директоры болып ислеген.

 

 

 

 

Жуманазар Базарбаев  

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, философия илимлериниң докторы, профессор Жуманазар Базарбаев 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1964-жылы кандидатлық, 1973-жылы докторлық диссертацияларын қорғаған. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстанға мийнети сиңген жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў пидайысы, Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты есапланады.

 

 

 

 

 

Ҳусниддин Ҳамидов  

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, филология илимлериниң докторы Ҳусниддин Ҳамидов Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1967-жылы кандидатлық, 1990-жылы докторлық диссертацияларын қорғаған. Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери.

 

 

 

 

 

 

Абатбай Дәўлетов  

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, филология илимлериниң докторы Абатбай Дәўлетов 1964-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкерген. 1972-жылы кандидатлық, 1994-жылы докторлық диссертацияларын қорғаған.

 

 

 

 

 

 

 

Бизиң мақтанышымызға айланған спортшылар

Әлийшер Әўезбаев  

Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигин жәриялағаннан соң 1994-жылы ғәрезсиз мәмлекет сыпатында биринши мәрте қатнасып атырған Японияның Хиросима қаласындағы XII Азия ойынларында команданың ең дәслепки алтын медалын алған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетин питкерген «нокаутшы» Әлийшер Әўезбаев есапланады. 1994-жылы 7-октябрь күни Әлийшер Әўезбаев 91 килограммға шекемги салмақ категориясында шерек финалда қарсыласы – Непал мәмлекетинен Радж Капур Тапалияны нокаутқа ушыратады. Ярым финалда болса қытайлы Хианг Таоны очколар есабында жеңип шығып, финалға жоллама алады. Финалда Әлийшер Әўезбаев өз қүдиретин толық көрсете алды. Қарсыласы Сауд Арабиясынан Юсуф Хавсавиди нокаутқа ушыратып, алтын медаль жеңимпазына айланады. Әлийшер Әўезбаевтың жеңиси Өзбекстанның ғәрезсиз мәмлекет сыпатындағы қатнасып атырған дәслепки халықаралық беллесиўиндеги дәслепки алтын медалы болды.

 

Рүстем Жаңабаев

  Рүстем Жаңабаев 1993-жылы Қарақалпақстан Республикасының Тақыятас районында туўылған. 2017-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетин питкерген. 105 килограмнан жоқары салмақ категориясы бойынша дүньяға белгили аўыр атлетикашы есапланады. Бир неше мәрте Өзбекстан чемпионаты жеңимпазы, «Универсиада» спорт ойынлары жеңимпазы болған Рүстем Жаңабаев 2016-жылы Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен жазғы Олимпияда ойынларында нәтийжели қатнасты. 2017-жылы Түрменстан пайтахты Ашхабад қаласында жабық спорт комплекслеринде өткерилген биринши Азия ойынларында алтын медальды қолға киргизип, Азия чемпионы болған болса, 2018-жылы жәҳән чемпионатында да алтын медальды қолға киргизди.