Тарийх-география факультетинде 5 пән дөгерегинде студентлердиң бос ўақытлары мазмунлы өтпекте

Ҳәзирги ўақытта институтымыздың тарийх-география факультетинде «Жас тарийхшы», «Жас ҳуқықтаныўшы», «Жас философ», «Жас экономист» ҳәм «Жас географ» пән дөгереклери жумыс алып барып атырған болып, факультеттиң ҳәр бир студент усы дөгереклерге толық қамтып алынған.

Студентлер сабақ ҳәм имтиханлардан бос ўақытларында усы дөгереклерде профессор-оқытыўшылардан қосымша сабақлар алмақта.