
Институтымыздың педагогика факультети педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 3-«г» ҳәм «д» курс студентлери қатнасыўында ашық сабақ болып өтти.
«Өзбекстанда шаңарақлық сиясаттың қәлиплесиўи» атамасында өткерилген ашық сабақты психология кафедрасы доценти З.Қлычева шөлкемлестирди.
