Дене мәденияты факультети студенти марафонда 2-орынды ийеледи

Усы жыл 16-март күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер менен бирликте 3 километр аралыққа тез жүриў бойынша марафон өткерилди.
Оған пайтахтымызда жайласқан жоқары оқыў орынларының студентлери, спорт мектеплериниң оқыўшылары, денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлери ҳәм пуқаралар жыйынларының турғынлары, жәми 300 ден аслам пуқаралар қатнасты.
Солар қатарында институтымыздың бир топар студентлери де қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.
Атап айтқанда, институтымыздың дене мәденияты факультети 1-курс студенти Қуўатжан Әбдимуратов сыйлы 2-орынды ийеледи.