«Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбияшы компетенциясы» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы спортшыларды қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириў орайы Нөкис филалы «Педагогика ҳәм психология» кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм Әжинияз атындағы НМПИның «Мектепке шекемги тәлим» кафедрасы магистрантлары менен биргеликте «Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбияшы компетенциясы» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингтиң мақсети мектепке шекемги тәлим системасындағы жаңалықлар ҳәм тәрбияшыларға қойылған талапларды үйрениўден ибарат.

Илажда «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қойылған Мәмлекетлик талаплар», «Оқыў бағдарламасы «Илк қадам», «Педагог-тәрбияшының компетентлиги», «Тәрбияшы-педагогтың креативлик шеберлиги», «Тәрбияшының сөйлеў мәденияты» темаларында баянатлар оқылды ҳәм тренинглер өткерилди.