Институтымызда «География пәни ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери» атамасындағы республикалық конференция болып өтти

Усы жылдың 11-12-апрель күнлери институтымызда «География пәни ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
География пәни ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери бойынша илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин кең түрде додалаў ҳәм усыныслар бериў мақсетинде шөлкемлестирилген конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисин институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов басқарып барды.

Конференцияда институтымыз профессоры, география илимлери докторы Е.Умаров «География илимлериниң өтмиши, ҳәзирги дәўири ҳәм келешеги», Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети доценти, геология-минерология илимлери кандидаты А.Низомов «Әбиў Райхан Беруний Әмиўдәрьяның әййемги өзеклери ҳаққында», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети география кафедрасының профессоры, тарийх илимлери докторы Р.Баллиева «Мектеп географиясы сабағындағы машқалалар», Әл-Хорезмий атындағы Үргениш мәмлекетлик университети география кафедрасы доценти, география илимлери бойынша философия докторы А.Абдуллаев «Төменги Әмиўдәрья регионында санаат кластерлерин шөлкемлестириўдиң географиялық өзгешеликлери», институтымыздың географияны оқытыў методикасы кафедрасы докторанты Қ.Узақбаев «Арал бойында экотуризмди раўажландырыўдың айрым мәселелери» атамаларындағы баянатларын жасады.

Өзбекстан Республикасы илимий-изертлеў институтлары жетекши илимпазлары, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, магистрантлар ҳәм студентлер, жәнеде география илимине қызығыўшылардың қатнасыўында география пәни ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери бойынша, педагогикалық технологиялар, сондай-ақ географияның актуаль машқалаларын үйрениўди жәмийетшиликке усыныў, анализлеп улыўмаластырыў ҳәм келешектеги атқаратуғын ўазыйпаларды белгилеп алыўды өз алдына ўазыйпа еткен конференция секциялар бойынша мәжилислер менен даўам етти.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.