ЖӘНЕ ДЕ ӘЖИНИЯЗ МИЙРАСЫ ҲАҚҚЫНДА

Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен миллетимизди, ким арқалы дүньяға мақтаныўымыз керек дейтуғын пайты келди. Биз әлемге қарақалпақ халқының руўхый байлығы менен, оның уллы мүмкиншилигин, тарийхый дәстүрлеримиздиң, ой-санамыздың, ҳәрекетшең ҳәм қатарда болғанлығын танытыўға ылайықпыз.
Солай етип, қарақалпақ халқының ойшыл, ақыл-парасатлы, дөретиўшилиги күшли халық екенлигин дүньяға танытамыз. Буның ҳақыйқат негизи бизиң бабаларымыздың, соның ишинде, Әжинияздың өткир ойын, даналық пикирлерин терең, илимий жақтан шеберлик пенен таллаў, жуўапкершиликли ҳәм тыянақлы изертлеў болып есапланады.
Лекин, халқымыздың белгили илимпазы Камал Мәмбетовтың «Әжинияз ўақтында өз оқыўшысын таба алмай қыйналған болса, ҳәзир өзиниң ҳақыйқат изертлеўшилерин таба алмай қыйналмақта» («Әжинияз». «Билим», 1994. 143-бет) дегениндей, шайыр мийрасына терең изертлеўдеги дыққатсызлық, илимпазларымыздың кеўлинен шықпай атыр.
Биз өзимиздиң биринши мақаламызда («Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 19-февраль, 2019-жыл) Әжинияз бабамыздың мийрасларын түсиниўдеги бир қанша кемшиликлер ҳаққында жәмийетшиликтиң дыққатын қаратып едик.
Сол мақаланың даўамы ретинде бабамызға қатнастағы тағы да айтарлықтай кемшиликлердиң бетин ашып, оның юбилейине байланыслы таярлыққа толығырақ мағлыўмат бериўди нәзерде тутып, усы мақаланы усынып атырмыз.
Ҳәммемизге белгили, Әжинияз Қутлымурат инақтың медресесинде 1840-1844-жыллары оқыды деп оның Хийўадағы музейиниң алдына жазылған. Ал, профессор Ә.Пахратдинов «Әжинияз Хийўа медресесинде тоғыз жыл оқыды» (Ә.Пахратдинов ҳәм т.б. «Бүлбилзибан уллы шайыр». Нөкис, 2013-жыл) десе, оған қарсы пикирди илимпаз А.Альниязов Шерғазы ханның медресесинде бир-еки жыл оқып, тағы Бухарадағы Кегелташ медресесинде оқыған» (А.Альниязов. «Сөз гәўҳарын қәстерлеген шайыр». «Еркин Қарақалпақстан», 2014-жыл, 23-декабрь, №154) деп билдиреди. Сондай-ақ, 1858-1859-жылларда Қоңырат қозғалаңы нәтийжесинде Бозатаўды жаў шаўып, ат алдына айдалған қарақалпақлар «Қара жыңғыл» деген жерге тоқтағанда, Әжинияздың шайырлығын билген Атамурат хан оны тутқынға алынған қарақалпақлары менен кейин қайтарып жиберген» (Ә.Пахратдинов ҳәм т.б. «Бүлбилзибан уллы шайыр». Нөкис, 2013-жыл) деп жазса, А.Альниязов «Әжиниязды Қоңырат көтерилиси жетекшисиниң бири сыпатында Хийўа ҳүкимдары түркмен жерине сүргинге жибереди. Сүргин жыллары шайырдың қәлеми және де шыйрақласып (Ж.Б.), медреседе оқып жүрген пайытында өзи оқыған Мақтумқулы қосықларының көпшилигин (Ж.Б.) қарақалпақ тилине аўдарады. Арадан үш жыл өтип Әжинияз туўылған үлкесине қайтады. Бирақ, бул жерде де және ҳәмелдарлардың қуўдалаўына ушырап, қазақ далаларына жөнеп кетеди (Әжинияз. Нөкис. «Илим», 2014-жыл. 4-бет).
Бул тастыйықлаўлардың дәреги көрсетилмей, илимниң принципи бузылады. Әсиресе, Әжинияз сүргинде болған ба? Ол ҳаққында қандай анық дәреклер бар? Егер Әжинияз сол үш жылдың ишинде жүдә өсип, шыйрақланып кеткен болса, сол елдеги излери ҳақкында бир қосық жазбай, тек аўдарма менен шуғылланған ба?
Сондай-ақ, Әжинияздың сүргиндеги дөретиўшилигиниң шыйрақласыўына түркменлер қандай жағдай туўғызған. Ол Мақтумқулының көпшилик шығармаларының (олар ҳәзирше 163) қосықларының қайсысын қайсы дәреклерден алып аўдарған, ол қайсы баспада жәрияланған деген нызамлы сораўларды пайда етеди ҳәм оның шынлыққа келмейтуғынлығын көрсетеди.
Әжинияз шайыр жоқарыда айтылған Қоңырат көтерилисиниң жетекшиси (басшысы) болды деген тастыйықлаў да көзге топырақ шашыўдан басқа ҳеш нәрсе емес. Әжинияз ахун уллы улама, ол урысты жек көриўге тәрбияланған, дослықты тәрийплеген, тынышлықты қәстерлеген, сиясатқа араласпаған. Бундай түсиник бурынғы шоралар идеологиясының Октябрь революциясына дейинги шайырлардың ҳәммеси жасап турған жәмийетлик системаны өзгертиўге урынды, деген көрсетпесиниң қалдығынан басқа ҳеш нәрсе емес.
Және бир айтатуғын былғасық, белгили илимпазлардың Әжинияз ел аралап жүрип, Казань университетиниң профессоры болған, оның ректоры Лобачевский менен ушырасқан деген гәпине инанбай жүрсек, А.Альниязов аты аталған мақалада «Әжинияз бабамыз ҳәзирги Россияның Челябинск ўәлаяты Троицк қаласындағы «Расулия» мектебиниң тийкарын салған, Нақшбандия тәлийматының даўамшысы Зейнулла ийшанның шәкиртлериниң бири болған деп көрсетип, ийшан менен ахунның парқын айыра алмаған.
Әжинияз, егер қудайдың ҳәмири менен бир минут көзин ашып, бул илимпазлардың «жаңалықларын» билсе, «Өтирикти рас етип айтпаған» қарақалпақларға не болған өзи?» деп қайтадан көзин жумар еди.
Әжинияздың мийрасын терең илимий изертлегенде қосықлардың жыйналыўы, сақланыўы ҳаққындағы сөз оғада әҳмийетли туйылады. Көпшилик илимпазлардың пикирлеринде Әжинияз Мақтумқулының қосықларынан пайдаланған, қарақалпақшалаған, Мақтумқулы шығармаларын елимизге таратқан деген сөзлер жийи ушырасады. Дурыс, Мақтумқулы уллы шайыр. Ол Шығыс әдебиятының уллы ўәкиллериниң бири. Оның жолы үлги. Әжинияз ол үлгиден сабақ алған, өзи де уллылыққа талпынған.
Ал, енди, оның шығармаларының жыйналыўында кемшиликлер болғаны мәлим. Буған шоралар дәўириндеги бир тәреплеме сиясат себепши.
Әжинияз ахун ислам илаҳиятшыларының қатарына киретуғын улама. Ол шәриат жолын услаған ҳәм оны тәрийплеген. Ал, дүнья жүзинде қудайсызлар жәмийетин орнатамыз деген коммунистлерге ондай адам унамайтуғын еди. Соның нәтийжесинде шайыр бабамыздың мийрасына итибар аз болды.
Бизлер заманында түркмен илимпазларының Мақтумқулының қосықларының қарақалпақлар арасынан табылғанын хошаметледик, жәрдем бердик ҳәм оны халықлар дослығы деп марапатладық. Ал, биз жыйналған қосықлардың қайсы тилде жазылғанына итибарсыз едик. Ол түркмен тилинде болса оны қарақалпақлар неге жыйнап қойған? Түркменше жырлаған қарақалпақ бақсы-жыраўлар болған ба? Егер ол қарақалпақша болса оны ким аўдарған ҳәм қайсы баспада басылған деген сораўлар қойылмаған.
Өткен әсирдиң биринши ярымында түркменлер Мақтумқулының мийрасларын излеўде қарақалпақлар арасынан көп табысларға ерискен. Мен өткен әсирдиң 60-жылларында Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалының Н.Дәўқараев атындағы, тарийх, тил-әдебият институты директорының орынбасары болып ислеп жүрген гезимде илимпазлардың түркмен ўәкиллери шымбайлы Узақов деген белгили адамның бир арша толы китабын сатып алып кеткен деген сөзди көп еситкен едим. Сол бир арша қосықлардың биразы Әжиниязға тийисли болыўы мүмкин, деп ғаўқылдасқан деген гәплер де бар еди.
Сондай-ақ, рахметли шайырымыз И.Юсупов 1994-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан шығарған Мақтумқулы топламының алғы сөзинде былай дейди: «Студент ўақтымызда Нәжим аға Дәўқараевқа бизиң аўылда үлкен қолжазба қосық антологиясы бар екенлигин, оның ишинде қандай қыссалар ҳәм Мақтумқулының қосықлары бар екенлигин айттым. Ол қалай болмасын оларды алып келип, илим изертлеў институтына табыс етиўди тапсырды. Сол қолжазба мен барғанша Ашхабадқа алып кетилген екен» деп баянлайды. Соның менен бирге, ол белгили илимпаз И.Беляевтың 1903-жылы Қусқана таўының етегиндеги «Қырқсадақ» деген аўылдағы қарақалпақлардан жазып алған Мақтумқулының қосықларының 1931-жылы «Түркистан ведомости» журналының алғы нусқасын таўып, оны ӨзРИА Қарақалпақстан филиалының архивине тапсырғанын билдиреди (сол китап, 12-13-бет).
Ол аўылда Мақтумқулының қосықларының қарақалпақша вариантлары қалай пайда болды екен? «Қырқсадақ» деген урыў қыят-ашамайлының бир тийреси. Әжинияз бабамыздың ашамайлы екенин умытпасақ, ол қосықлардың шайырдың мийрасларына байланысы бар емес пе, деген гүман пайда болады. Булай деўимиздиң тағы бир лекини, түркмен илимпазлары Мақтумқулының толық топламын (163 қосық) 1958-жылы жәриялаған, ал, бизлер Әжинияздың толық жыйнағын (95 қосық) 1974-жылы олардан он алты жыл кейин шығардық. Демек, бул аралықта Әжинияздың қосықларының биразы Мақтумқулының атына өтип кеткен болыўы мүмкин деген жуўмақ шығады.
Биз, әлбетте, Мақтумқулының уллылығына нуқсан келтирмекши емеспиз, Әжинияздың оның жолынан, идеяларынан пайдаланғанлығын бийкарлай алмаймыз. Бирақ, шайырға оның қосықларын өзлестирди деген сөзлерге шубҳаланып, Ибрайым Юсуповтың айтқанындай, Әжинияздың шығармалары Мақтумқулының үлгиси менен жазылған болса да, оның өзиниң шығармасы сыпатында қараўымыз керек (18-бет) деген сөзиниң тәрепдарымыз ҳәм ендиги жағында бул мәселеде ол Мақтумқулының қосықларын қарақалпақшалап, халыққа жеткизген, ҳәзирги күнде де Әжинияздың анаў яки мынаў қосығы Мақтумқулыға тийисли деген пикирлерге қосылмаймыз.
Терең ой жиберсек, Әжинияз айрықша қайталанбас, дүньяға бир келген шайыр. Оны биреўдиң дилмашы болды, ямаса оған еликлеп қосық жазды, оның қосықларын ийеледи деп есаплаў уллы шайыр дөретиўшилигине нуқсан келтириў менен барабар.
Әжинияз ҳешбир шайырдың қойын бағайын деп жүрген шайыр емес, ал, «туғырында талпынған алғыр баз еди». Ол Мақтумқулыны оқыған, тәсирленген, оннан да озсам деп те мақсет қойған шығар. Дүньяға белгили психолог Зигмунд Фреид: «бизиң ислеримиздиң тийкарында еки мотив жатады. Ол сексуаллыққа талпыныў ҳәм уллы болыў ҳәўеси» деп жазады. Бул психологияның нызамы ҳәмме дәўирде мақулланған. Онысыз адам ҳәлсиз, жансыз. Әжиниязда бул ҳәўес болмады деп ким айта алады. Бул әсиресе, дөретиўши инсанларға тән қәсийет. Усындай талпыныў нәтийжесинде ол Мақтумқулыдан да асып кеткен шығар. Оннан зор шығармаларды дөреткен болар? Оларды қайсы илимпаз салыстырып көрген? Әжинияз өзин Мақтумқулы менен теңдей санаған, ҳәммеге тең Шығыс поэзиясынан үлги алған. Ол Мақтумқулыға тиккелей берилип кетпеген. Егер, ол А.Альниязовтың «Сүргин жыллары шайырдың қәлеми және де шыйрақласты (Ж.Б.), Мақтумқулының қосықларын қарақалпақ тилине аўдарды» дегениндей (Әжинияз, «Илим», 2015-жыл, 4-бет), Әжинияз Мақтумқулыға үш жыл удайына берилип хызмет еткен болса, не ушын ол устазы ҳаққында бир аўыз қосық жазбаған. Ол Күнхожаның: «Мақтумқулы Мағруптай алдыңды болжа» деген, ямаса Бердақтың «Мақтумқулыны оқығанда, Айтар едим ҳәр заманда» деген тәрийплерин еситпеди ме? Еситти, бирақ, үндемеди. Буның себеби, 1858-1859-жыллардағы Бозатаў көтерилисиндеги ўайраншылық Әжинияздың арына, намысына тиймеди деўге бола ма? «Қала бузып түркмен бағрым дағлады, Кимсени дүпенлеп, кимди бағлады. Сенде көп мийнеткеш улы жылады» деп көрсеткен шайырдың ол елдиң мәдениятына иши жылыды ма екен? Ислам дининиң тапсырмасына қарсы мусылманға мусылманлардың зорлығы, бул қорлығы Әжинияз ахун сыяқлы дананың есинен шығар ма еди? Бәлким, ол Мақтумқулының бир нешше қосықларын билген де, айтып жүрген де шығар. Лекин, үш жыл сүргинде, жек көргенлердиң арасында жүрип, Мақтумқулының көпшилик қосықларын аўдарды деген тастыйықлаўлар нырыққа сыймайтуғын болжаўдан басқа ҳеш нәрсе емес.
Биз, әлбетте, Әжинияздың мийрасларын енди түркмен арасынан излеўдиң тәрепдары емеспиз. Оның орнына шайырдың қолда бар мийрасларын қәстерлеп, ҳәзирге дейин халық арасынан табылып атырған оның қосықларын итибарға алып, шайырдың мийрасын толықтырып барыўдың тәрепдарымыз.
Тилекке қарсы, аты аталған А.Альниязовтың Әжинияздың 190 жыллығына бағышланған, нешше жыллық илим изертлеўдиң жуўмағы болған топламына сырттан дәрексиз қосықларды киргизиўге кеўил бөлип, оның жаңадан табылған ҳәм жәмийетшилик мақуллаған қосықларды билмегенлигин де билип қойыўға туўра келеди.
Жоқарыда аты аталған пединституттың әдебиятшы илимпазлары сол мийнетинде «1998-жылы февраль айында биология илимлериниң кандидаты Султамуратов Мәўленберген (Нөкис қаласы, Халқабад көшеси 12-жайда жасайды) Әжинияз шайырдың он алты қосығын ҳәм бурын еситилмеген шайырдың өмирбаяны ҳаққында көп материаллар әкелди» (Ә.Пахратдинов ҳәм т.б. «Бүлбилзибан уллы шайыр». Нөкис, 2013-жыл) делинген.
Белгили илимпаз К.Мәмбетов өзиниң «Әжинияз» атлы китабында Султамуратов Хожели қаласында жасаўшы Абдулазиз Бердимуратов улынан жазып алған Әжинияздың «Демишлер» шығармасының 140 қатарын «Арал» журналының 1993-жылы №1 санында жәриялады деп хабарлайды (К.Мәмбетов, Әжинияз. «Билим», 1994-жыл. 56-бет).
Биз илимпазлардың пикирлериниң изинен жүрсек шынында да рахметли Мәўленберген Султамуратов 1993-жылдан баслап жергиликли газета-журналларда жүдә дәрекли дәлиллерден шығып, Әжинияздың он жети қосығын баспадан шығарған екен. Мысалы:
- 1993- жылы «Әмиўдәрья» журналының 3-санында Әжинияздың сегиз қосығын («Сорасаң Әжинияз мениң атымды», «Табарман», «Елден басқа панам жоқ», «Мен өзимде», «Ҳүрметлейди Шернияз Әжиниязды», «Керек», «Келдим», «Қыс болса қазақы атты тағаладым», «Қоңырат бийлери»);
- 1994-жылы «Арал қызлары» журналының №1-2-санында Әжинияздың төрт қосығын («Дариха», «Қыз келиншек», «Нәсият», «Өтти»);
- 1995-жылы «Арал қызлары» журналының биринши санында еки қосығын («Болмас», «Билгейсиз»);
- 1997-жылы «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 9-октябрьдеги санында педагогика илимлериниң докторы Ө.Әлеўов «Әжинияздың жаңадан табылған қосықлары» деген айдар менен М.Султамуратовтан жазып алған «Демишлер» деген қосығын жәриялаған ҳәм жүдә жоқары баҳалаған. Сол газета 1999-жылы 20-августтағы санында «Бабамыздың өшпес қосықлары» деген айдар менен М.Султамуратовтың 1997-жылы Әлеўов жәриялаған «Демишлер» қосығының даўамын, және 1999-жылы 23-сентябрьде сол газета «оқыўшыларына саўға» ретинде «Әжинияз бенен Қыз Меңештиң» суў бойында айтысын (17 куплет) инам еткен.
Әжинияз бабамыздың он жети қосығын тапқан ҳәм оның дәл Әжинияздың қосықлары екенин дәлиллеген авторды еске алыўдың әҳмийетин айтпағанда, «Бабамыздың өшпес қосықлары» ретинде жәмийетшиликке мәлим болған бизиң алтын мийрасымызды дүньяға танытыўға тийисли илим ғайраткерлери оларды өшириўге урынғанын қалай баҳалаўға болады!
Буның баҳасы мениң пикиримше, жуўапкерсизлик, оннан туўатуғын бийпәрўалық, нәтийжеси былғасық. Бундай жуўапкерсизликке тийисли баҳа берип, Әжинияздың мийрасларын ақылға мүнәсип дүзетип алмасақ, Әжинияздың да, бизлердиң де дүньяға шыққанымыз жалған сыяқлы сезиледи.
Улыўма айтқанда, Әжинияз мийрасын үйренгенде дәлилсиз жалған дөретиўшиликтиң, илимий, танымлық, тәрбиялық әҳмийетиниң жоқ екенлигин ҳәм олардың Әжинияздың абырайына нуқсан келтириўден басқа пайдасы жоқ екенлигин есапқа алып, оның орнына шайыр поэзиясының шийрин зибанының палын тамызып, халқымызды қуўандырып, ол данышпанның бизге қалдырған «ҳасыл жүгин» ашып, оған кир жуқтырмай, халқымыздың рәҳәтине жумсағанымыз дурысырақ болар еди.
Ж.БАЗАРБАЕВ,
академик.