Тарийх-география факультетинде «Шежире» интеллектуал клубы III мәўсими жуўмақланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тарийх-география факультетинде «Шежире» интеллектуал клубы III мәўсим «Заковат» турнири өз жўмағына жетти.

Финал ойыны турнирин ашып берген факультет деканы М.Сарыбаев өз сөзинде факультетимиздиң 2018-2019-оқыў жылындағы жетискенликлери менен бәршени таныстырды.

Бул турнирде «Тарийхты оқытыў методикасы» бағдарының 4-курс студентлеринен дүзилген «Окс» командасы жәми 73 балл менен I орынды, «Географияны оқытыў методикасы» бағдарының 3-курс студентлеринен дүзилген «Меридиан» командасы 72 балл менен II орынды ийелеген болса, күшли үшликти «Географияны оқытыў методикасы» бағдарының «Географлар» командасы жуўмақлады.

Турнир соңында сөзге шығып сөйлеген Тарийх-география факультети деканының руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары М.Алланиязова студентлерге оқыўларда әўмет тилеп,  жеңимпазларды диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлады.

Тарийх-география факультети Жаслар аўқамы турнирди шөлкемлестирген болса, М.Турсынбаев турнир даўамында сораўларды таярлап барды.