Институтымыздың 30 дан аслам ерли-зайыплы студентлери «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайының оқыў курсларын табыслы питкерди

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 600 ден аслам ерли-зайыплы студентлер болып, олар менен шаңарақ мәселелери бойынша турақлы түрде жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 26-марттағы «Шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы жанында арнаўлы оқыў курсы шөлкемлестирилген еди.

Усы оқыў курсларында институттың 30 дан аслам ерли-зайыплы студентлери 27-майдан 21-июнь аралығында 16 саатлық курсларда оқып шықты.

Арнаўлы оқыў курсының мақсети ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен мақсетли ислесиўди шөлкемлестириў, шаңарақлардағы руўхый-этикалық орталықты беккемлеў ҳәм саламатластырыў бойынша кәсиплик билимлер, көнликпелерди системалы түрде жаңалап барыўдан ибарат.

Илажда усы курсларды табыслы тамамлаған жас ерли-зайыпларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

 

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.