Институт студенти «Белсенди пуқара» республикалық дебат клубының семинарына қатнасты

Усы жылдың 2-4-июль күнлери Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы және «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында жайласқан Жаслар дем алыў лагеринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Белсенди пуқара» дебат клубы ағзалары ушын республикалық оқыў семинары болып өтти.

Жәмийетте ушырасып атырған ҳәр қыйлы унамсыз иллетлер ҳәм машқалаларға болған жәмийетшилик пикирин қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестирилген семинарға институтымыздың химия-биология факультети 3-курс студенти Лобар Ражаббоева да белсене қатнасты.