Физика-математика факультетинде жаслар арасында компьютер технологияларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар өткерилди

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жасларға болған итибары жүдә жоқары. Әсиресе, жасларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелерди өз ишине қамтыған бес әҳмийетли басламасы жаслар турмысында үлкен әҳмийетке ийе болды.

Институттың физика-математика факультетинде усы бес басламаға киретуғын халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары және интернеттен дурыс пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў информатиканы оқытыў методикасы бағдарының студентлери арасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.