Институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси сайланды

Әжинияз атындағы НМПИ Ботаника кафедрасының доценти, биология илимлериниң кандидаты Фарида Отенова институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси етип сайланды.

Бүгин, 6-июль күни институттың киши мәжилислер залында мәселеге арналған илаж болып өтти. Илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў ҳәм де шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, сондай-ақ, 2020-жыл 18-февралдағы «Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде институтта ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жәмийетлик кеңес шөлкемлестирилди ҳәм оның 23 ағзасы сайланды.

Сондай-ақ, илажда институт ректорының ҳаял-қызлар қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшисин сайлаў мәселеси көтерилди. Жәмийетлик кеңес ағзаларының усынысы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен ботаника кафедрасының доценти, биология илимлериниң кандидаты Фарида Отенова институт ректорының ҳаял-қызлар қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси етип сайланды.

Илажда усы күнге шекем институттың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми тәрепинен алып барылған жумысларға жоқары баҳа берилди ҳәм сөзге шыққанлар жәмийетлик кеңестиң буннан кейинги жумысларына табыслар тиледи.
НМПИ баспасөз хызмети.