Конституция байрамына арналған «Сиз нызамды билесиз бе?» таңлаўы болып өтти

Институттың үлкен мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 28 жыл толыўы мунәсибети менен тарийх факультетиниң 1-курс студентлери арасында «Сиз нызамды билесиз бе?» атамасындағы таңлаў болып өтти.

 

Таңлаўды Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм бәрше команда ағзаларына әўмет тиледи.

 

Кейин тарийх факультети деканы М.Сарыбаев шығып сөйлеп, шөлкемлестириўшилерге, барлық факультет жәмәәтине, командаларды таярлаўда жақыннан жәрдем берген жоқары курс студентлерине, кураторларға өз миннетдаршылығын билдирип өтти.

 

Таңлаўда факультеттиң тарийх тәлим бағдарынан 4 команда – «Адвокатлар», «Истиқлол», «Демократлар», «Дипломат», география ҳәм экономикалық билим тийкарлары тәлим бағдарынан 2 команда – «Эверест», «Юстиция», миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарынан «Адолат» командалары – жәми 7 команда, 2 шәрт: сәлемнама, үйге тапсырма шәртлери арқалы командалар өз-ара күш сынасты.

 

Таңлаўда төрешилер шешимине көре 3 (үш) команда – «Адолат», «Адвокатлар», «Истиқлол» командалары 1-орынды, ал қалған 4 (төрт) команда – «Дипломат», «Демократлар», «Юстиция» ҳәм «Эверест» командалары сыйлы 2-орынды қолға киргизди.

 

Таңлаў соңында барлық командаларға ректорат ҳәм Кәсиплик аўқам тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.