Екинши қәнигеликте оқып атырған 3-4-курс студентлери оқыўын сыртқы бөлимге көшириўи мүмкин

Екинши жоқары билимлендириў бойынша бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасында 3- ҳәм 4-курсларда оқып атырған студентлерге оқыўын сыртқы билимлендириў формасына өткериўге рухсат берилди. Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2018-жыл 17-сентябрьдеги 9-санлы протоколына муўапық, жоқары оқыў орынлары ҳәм пуқаралардың көплеген мүрәжатлары есапқа алынып екинши қәнигелик бойынша бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасында 3- ҳәм 4-курсларда оқып атырған студентлердиң оқыўын олардың арзаларына муўапық сыртқы билимлендириў формасына өткериўге рухсат берилди.

Бунда, Филология ҳәм тиллерди оқытыў (шет тиллери бойынша, атап айтқанда, рус тили), Шет тили ҳәм әдебияты (тиллер бойынша), Ана тили ҳәм әдебияты (рус тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты басқа тилли топарларда) тәлим бағдарлары, сондай-ақ, медициналық билимлендириў мәкемелери буған кирмейтуғынлығы, Жоқары оқыў орны бойынша ҳәр бир тәлим бағдары кесиминде (тәлим тили) арза тапсырғанлардың саны 7 ден аз болған жағдайда студентлерди сыртқы билимлендириў формасына өткериў, керисинше жағдайда бийкар етиў белгиленди. Күндизги билимлендириў формасынан сыртқы билимлендириў формасына өткерилген студентлер ушын төлемли контракт муғдары 2018-2019-оқыў жылында 2-қәнигеликке қабыл етилген студентлер ушын бирдей етип белгиленеди. Баспасөз хызмети