Дене мәденияты факультетинде баскетбол бойынша факультет бириншилиги болып өтти

19-21-сентябрь күнлери аралығында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетинде «20-сентябрь – Халықаралық студентлер спорты күни» мүнәсибети менен спорттың баскетбол түри бойынша қыз балалар арасында факультет бириншилиги болып өтти. Жарысқа факультетте оқып, билим алып атырған барлық академиялық топарлардағы қызлар өз ара командаларға бөлинген ҳалда қатнасты. Жарыс оғада қызғын руўхта өтти. Өткерилген бириншиликтиң жуўмағына бола, 1-орынды 1-курс студентлеринен дүзилген команда, 2-орынды 4-курс студентлеринен, ал 3-орын 2-курс студент-қызларынан дүзилген командалар жеңип алды. Жеңимпазлар институт кәсиплик аўқамы ҳәм спорт клубы тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

Баспасөз хызмети