Шет тиллери факультетинде «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди

Студент-жасларды еле де өз үстинде ислеп, терең билим ийелеўи ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде институттың шет тиллери факультетинде нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. 21-сентябрь күни факультет жаслар аўқамы белсендилериниң шөлкемлестириўинде «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди. Онда факультетте оқып атырған 1-2-3-курс студентлери бир командаға жәмлесип, сораўларға жуўап берди. Ойын жуўмағында ең белсенди қатнасқан факультет студенти М.Жумаев ҳәм ең жақсы сораў ийеси деп табылған Р.Салаева жаслар аўқамы факультет белсендилери тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Машҳура Давлетова, Инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 2-курс студенти.