Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде байрам кешеси өткерилди

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Мәденият сарайында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети белсенди студент-жасларының шөлкемлестириўинде «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.
Байрам кешесинде факультет деканы У.Сейтжанова шығып сөйлеп, факультеттиң барлық профессор-оқытыўшыларын қутлықлады.
Байрам кешеси факультет студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Баспасөз хызмети