Математика-информатика факультетинде профессор-оқытыўшылар ушын байрам тамашалары өткерилди

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика-информатика факультетинде 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди.
Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшыылқ ислери бойынша жетекшиси Айсулыў Узақбергенова тәрепинен шөлкемлестирилген байрам тамашаларында студентлер өз қәбилетлерин көрсетип, профессор-оқытыўшыларға байрам кейпиятын уласа алды.
Сондай-ақ, байрам шеңберинде өткерилген қызықлы викториналық сораўлар ҳәммениң кейпиятын көтерип, заўық бағышлады.
Байрам соңында профессор-оқытыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды.

Баспасөз хызмети