Педагогика факультетинде шахс психологиясы бойынша илимий диспут өткерилди

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультетиниң педагогика-психология тәлим бағдарының 3-курс студентлери арасында шахс психологиясы пәнинен илимий диспут болып өтти.
Бунда тийкарынан белгили теорияшы Зигмунд Фрейдтиң илимий теориялары бойынша өз ара пикир алмасылды.
Студентлер сабаққа белгили ойшылдың алға сүрген теорияларын түсиндирип бериў ушын видеокөринислер және ҳәр қыйлы мультимедиалық қураллардан пайдаланып түсиндирип бериўге ҳәрекет етти.
Сондай-ақ, олар ҳәр қыйлы сахналық көринислерди де атқарып, профессор-оқытыўшылар менен тема дөгерегинде өз ара пикирлесиўлер жүргизди.

Баспасөз хызмети