Математиканы оқытыў методикасы кафедрасы доценти халықаралық конференцияда баянат жасады

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика оқытыў методикасы кафедрасының доценти Барлықбай Пренов 17-20-сентябрь күнлери аралығында Самарқанд қаласында өткерилген «Mathematical analysis and its application to mathematical physics» атамасындағы халықаралық конференцияға қатнасып қайтты.
Доцент Б.Пренов халықаралық конференцияда «Некоторые примеры систем неалгебраических уравнений» атамасындағы өз баянаты менен сөзге шығып, тема дөгерегинде илимий машқалалар ҳәм шешимлер бойынша өз изертлеў нәтийжелери менен жыйналғанларды таныстырды.

Баспасөз хызмети