Физика-мийнет факультетинде спорт ҳәптелиги шеңберинде 3 спорт түри бойынша факультет бириншилиги болып өтти

2-6-октябрь күнлери пүткил республикамыз бойлап «Жаслар спорт ҳәптелиги» деп жәрияланыўы менен институттың физика-мийнет факультетинде оқып атырған студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында спорттың бир неше түрлери бойынша факультет бириншиликлери өткерилмекте.
Факультет ер балалары арасында волейбол, қыз балалар арасында баскетбол ҳәм қол тобы спорт түрлери бойынша өткерилген бириншиликте де тийкарғы итибар студентлердиң бос ўақытларын саламатластырыў илажларына бағдарлаўдан ибарат болды.
Жеңимпаз командалар факультет деканаты тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Баспасөз хызмети