Математика-информатика факультети студентлери «Жаслар орайы»нда жаслар менен сәўбетлесиў өткерди

Институтымыздың математика-информатика факультети Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң Кеңес ағзасы, факультет студенти Бахытбек Юсупбаев пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда жаслар менен сәўбетлесиў өткерди.
Сәўбетлесиў кешеси «Ўатан – муқаддес дәргай» атамасында болып, онда елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселесинде әмелге асырылып атырған жумыслардың әмелий әҳмийети жөнинде өз ара пикир алмасылды.
Баспасөз хызмети