Математика-информатика факультетинде 1-курс студентлер арасында интеллектуал ойын өткерилди

Институттың математика-информатика факультетинде студент-жаслардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылған.

Усы мақсетте факультет 1-курс студентлери арасында «Заковат» интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди.

Онда факультеттеги барлық 1-курс топарлары студентлери өз ара командаларға бөлинген ҳалда қатнасты.

Ойын жуўмағына бола, математика тәлим бағдарының 1-курс студентлеринен дүзилген «Легион» командасы жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм факультет деканаты және жаслар аўқамы тәрепинен таярланған естелик саўғаларына ийе болды.

 

Баспасөз хызмети