Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графика тәлим бағдары студентлери мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди

Институтымыздың педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графика тәлим бағдары 1-курс студентлери «Устазларға тәжим» атамасында көргизбе шөлкемлестирди.
Топар басшысы Ш.Қаллықылышевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген көргизбеге факультеттиң барлық профессор-оқытыўшылары қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, художник Б.Айтмуратов студентлердиң тема бойынша ислеген жумысларына жоқары баҳа берди.
Өз гезегинде, профессор-оқытыўшылар да усындай ҳүрмет ҳәм итибар ушын терең миннетдаршылық билдирди.





Баспасөз хызмети