Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы өткериледи

Өзбекстан ҳәм Россияның жетекши жоқары оқыў орынлары басламасы менен елимизде усы жылдың 18-19-октябрь күнлери биринши мәрте «Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы» өткерилмекте.

Онда еки мәмлекет президентлери администрациялары, Ҳүкиметлик басшылар, Өзбекстан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Россия Федерациясының Билимлендириў ҳәм илим министри және Россияның 80 нен аслам абыройлы жоқары оқыў орынлары ректорлары қатнасады.

Форумда еки мәмлекет ЖООлары ректорлары өз ара бирге ислесиўди жолға қойыў менен бирге актуал ўазыйпа ҳәм мәселелерди тиккелей, ашық сәўбетлесиўде биргеликте додалайды.

«Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы» жуўмақлары бойынша:

– Өзбекстанда Россияның абыройлы ЖООлары филиалларын шөлкемлестириў;

– академиялық таярлық бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў;

– биргеликте илимий ҳәм инновациялық форумларды өткериў;

– илимий изертлеў бойынша жойбарларды әмелге асырыў;

– қоспа илажларды өткериў;

– жоқары оқыў орынлары арасында мәлимлеме алмасыўын орнатыў;

– бирге ислесиўди және де раўажландырыў жобаластырылмақта.

 

Баспасөз хызмети