Шет тиллери факультети қызлары волейбол бойынша өткерилген жарыс жеңимпазы болды

Алдын хабар бергенимиздей, институтымызда студентлер арасында спорт жарыслары ҳәм саламатлық акциялары өткерилмекте.

Институтымызда оқып атырған 1-курс студент қызлар арасында саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў мақсетинде спорттың волейбол түринен барлық факультетлер арасында жарыс өткерилди.

Онда шет тиллери факультети қызлар командасы 1-орынды ийеледи.

Еслетип өтемиз, ер балалар арасында өткерилген жарыста да шет тиллери факультети 1-курс командасы жеңимпаз болған еди.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.