Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы оқытыўшылары студентлер турақ жайында сәўбетлесиў өткерди

Институттың улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы профессор-оқытыўшылары студентлер арасында ҳәр қыйлы темаларда сәўбетлесиў кешелерин өткерип келмекте.

23-октябрь күни студентлер турақ жайында усындай сәўбетлесиў кешеси өткерилип, ол «Мен не ушын оқытыўшылық кәсибин таңладым?» атамасында болды.

Онда кафедра оқытыўшылары кәсип таңлаў, оның миннетлери ҳәм ўазыйпалары ҳаққында студентлер менен өз ара пикир алмасты.