Магистратура бөлими магистрантлары ӨзЛиДеП ўәкиллери менен ушырасты

24-окятбрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура бөлими магистрантлары Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси басшы және қәнигелери менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда партия ўәкиллери тәрепинен республикамыздағы сиясий партиялар, солардың ишинде Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы, партияның бүгинги күндеги жумыслары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди, магистрантлар өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўаплар алды.

Ушырасыў соңында партияға ағза болыў ушын қызығыўшылық билдирген магистрантларға сиясий партияның ағзалық гүўалықлары тапсырылды.