Институт студентлери арасында стол тенниси бойынша жарыс өткерилди

23-октябрь күни институтымыздың барлық факультетлеринде оқып атырған студент-жаслар арасында спорттың стол тенниси түринен жарыс өткерилди.
Жарыс ер ҳәм қыз балалар арасында өткерилип, онда студентлер өз шеберлик ҳәм көнликпелерин көрсете алды.

Жарыс жуўмағына бола, қыз балалар арасында 1-орын шет тиллери, 2-орын физика-мийнет факультети, 3-орын тарийх-география факультети қызларына несип еткен болса, ер балалар арасында физика-мийнет факультети 1-орын, шет тиллери факультети 2-орын ҳәм тарийх-география факультети ер балалары 3-орынды жеңип алды.
Машҳура Давлетова,
Шет тиллери факультети студенти.