Шет тиллери факультетине Британия ўәкилханасы ўәкиллери келди

Усы жылдың 27-октябрь күни институтымыздың шет тиллери факультетине Уллы Британияның Өзбекстандағы ўәкилханасының бир топар ўәкиллери келди.

Олар инглис тили сабақларына кирип, институтта студентлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Инглис тилин үйретиўде көбирек нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында студентлер және профессор-оқытыўшылар менен өз ара сәўбетлести.

Студентлер де өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, усынысларын билдирди.

Ўәкиллер олардың усыныслары олардың жумыслары ушын әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.