Математика-информатика факультетинде Тәжикстан миллий университети ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

31-октябрь күни институтымыздың математика-информатика факультетинде Ургенч қаласында өткерилген математика пәнинен Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы 1-халықаралық олимпиадаға қатнасқан Тәжикстан миллий университети профессорлары ҳәм студентлери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда мийманлар инситутта жоқары мағлыўматлы болыў ушын жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди.

Факультет студентлери тәжикстанлы мийманлар менен олимпиада ҳәм елимиз ҳаққындағы тәсирлери менен қызықсынды ҳәм өз ара сәўбетлести.

 

Айсулыў Утепбергенова,

Математика-информатика факультети студенти.