Уллы алым, академик Жуманазар Базарбаев 85 жаста!

8-ноябрь күни институтымыздың мәжилислер залында Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларының илим, билимлендириў, мәденият, экономика, философия, тарийх илимлери тараўларының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына  мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Базарбаевтың 85 жыллығы мүнәсибети менен конференция болып өтти.

Конференцияны институтымыз ректоры Б.Отемуратов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Илажда профессорлар Кеңесбай Алламбергенов ҳәм Баўатдин  Аллабергеновлар сөзге шығып, академиктиң илимий дөретиўшилик жумыслары, жәмийетлик искерлиги ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан илиминде тутқан орны бойынша баҳалы пикирлерин билдирди.

Буннан соң факультет деканлары академикти 85 жыллық юбилейи менен қутлықлады ҳәм келешек әўладларға билим бериўдей уллы жумысларына табыслар тиледи.

Мағлыўмат ушын, академик Ж.Базарбаев 1933-жылы 13-ноябрьде Мойнақ районындағы Тик өзек деген жердеги 5-аўылда дүньяға келген.

Бул инсан институтымыз, халқымыз, пүткил мәмлекетимиздиң мақтанышы есапланады.

Академик Ж.Базарбаевтың 85 жыллық юбилейи республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте.

 

Несибели Атамуратова,

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 3-курс студенти.