Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студенти модульли оқытыў технологиялары бойынша халықаралық конференцияға қатнасып қайтты

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети профессор-оқытыўшылары Р.Нуржанова, А.Қудайназаров ҳәм факультет студенти Ш.Юлдашевалар Т.Н.Қори Ниёзий атындағы Өзбекстан педагогика илимлери илимий изертлеў институтында болып өткен халықаралық илимий-әмелий конференцияда қатнасып қайтты.

«Үзликсиз билимлендириў системасында модульли оқытыў технологияларын қолланыўдың перспективалари: машқала ҳәм шешимлер» деп аталған халықаралық илимий-әмелий конференцияда усы бағдардағы өз илимий мақала ҳәм тезислери менен қатнасқан институтымыз профессор-оқытыўшылары ҳәм студентиниң усынған шешимлери ҳәм пикир-усыныслары жоқары баҳаланды.