Тарийх-география факультетиниң әмелиятшы студентлери 38-санлы мектепте байрағымыздың қабыл етилген күнине байрам шөлкемлестирди

2018-жыл 19-ноябрь күни Нөкис қаласы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бакалавр тәлим бағдары 4-б топары әмелиятшы студентлери ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенлигине 27 жыл толыўы мүнәсибети менен «Байрағымыз – мақтанышымыз» атлы байрам кешеси болып өтти.

Байрамды мектеп директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ж.Сейтимбетова ашып берди ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, байрағымыздың әҳмийети ҳаққында кеңнен тоқталып өтти.

Байрам кешесине Тарийх-география факультети деканаты, Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы профессор-оқытыўшылары, мектеп жәмәәти, студент-жаслар қатнасты.

Кешеде муғаллимлер ҳәм әмелиятшы студентлер өз докладларын оқып еситтирди. Мектеп оқыўшылары байрағымыз ҳаққындағы қосықлары, аяқ-ойынлары менен белсене қатнасты. Әсиресе, мектеп оқыўшыларының «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамның мазмунын жыйналғанларға кең түрде баян еткени көпшиликте үлкен тәсир оятты.