Шет тиллери факультети оқытыўшылары 5-санлы мектепте оқыўшылар менен ушырасыў өткерди

Институтымыздың шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар менен ушырасыў өткерди.

«Билимлендириўди тәрбиядан, тәрбияны билимлендириўден ажыратып болмайды» атамасында өткерилген ушырасыўда институт оқытыўшылары билим ҳәм тәрбия бериўдиң әҳмийети, мәмлекет тәрепинен усы тараўға берилип атырған итибар ҳәм жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип, түсиник жумысларын алып барды.