Мектепке шекемги тәлим кафедрасы оқытыўшылары студентлер турақ жайында ушырасыў өткерди
Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети мектепке шекемги тәлим кафедрасы доценти Г.Жумашова ҳәм кафедра профессор-оқытыўшылары студентлер турақ жайында жасап атырған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Олардың жаратылған шараятлардан пайдаланыў дәрежесин көзден өткерди.
Сондай-ақ, бос ўақытлардан нәтийжели пайдаланыў, китап оқыўға деген қызығыўшылығын арттырыў бойынша өз мәсләҳәтлерин берди.


