Шет тиллери факультетиниң пидайы студентлери институт студентлерине инглис тилин үйретпекте

Институтымыздың шет тиллери факультетиниң бир топар пидайы студентлери тәрепинен «Key to success» жойбары әмелге асырылмақта.

Жойбардың тийкарғы мақсети, институттың басқа факультетлеринде оқып атырған студентлерге «Теңлеске-теңлес» принципи тийкарында инглис тилин үйретиўден ибарат.

Шет тиллерин үйрениўге болған талап артып баратырған бүгинги күнде бундай қәдемлер үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Жойбар жыл ақырына шекем басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы жобаластырылған болып, жақсы өзлестирген студент-жасларға жыл ақырында сертификатлар тапсырылады.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.