Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы оқытыўшылары 6-санлы мектепте оқыўшылар менен ушырасыў өткерди

Институтымыздың шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессор-оқытыўшылары Э.Н.Ешниязова, К.А.Заримбетов Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар менен «Билимлендириўди тәрбиядан, тәрбияны болса билимлендириўден ажыратыўға болмайды» атамасында мектеп оқыўшылары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда институт профессор-оқытыўшылары тәрепинен ғәрезсизлик жылларында тәлим-тәрбия тараўына деген итибар түпкиликли өзгергенлиги, алдынғы идеялар, илимниң раўажланыўы, елимиздиң ҳәзирги ҳәм келешектеги раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғын, мазмунлық жақтан пүткиллей жаңаша үзликсиз билимлендириў системасы енгизилгенлиги, мәмлекетимизде бала тәлим-тәрбиясы менен байланыслы болған әзелий қәдирият және дәстүрлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.