Уллы сөз зергери

2018-жылы 26-28-ноябрь күнлери Әжинияз атындағы НМПИ де Филология факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы «Зийўар» әдебий дөгереги шөлкемлестирген Бердақ Ғарғабай улының дөретиўшилигин үгит нәсиятлаў мақсетинде «Уллы сөз зергери» атамасындағы Бердақ күнлери өткерилди. Усы шеңберде 27-ноябрь күни Республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияда академик Ж.Базарбаев «Бердақ шығармалары-алтын мийрас» атлы баянат, ф.и.д., профессор К.Курамбаев «Бердақ дөретиўшилиги өзбек алымлары нәзеринде» атлы баянатын, ф.и.д., профессор К.Алламбергенов «Бердақтаныўдың айырым мәселелери» атлы баянатларын жасады. Буннан соң, келген мийманлардан Жазыўшылар аўқамы баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, «Билим» баспасы директоры, жазыўшы М.Нызанов, «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторы К.Реймовлар шығып сөйледи. Конференцияда қатнасқан талабалар Бердақ шайыр дөретиўшилиги бойынша өзлерин қызықтырган сораўларға профессор-оқытыўшылардан жуўаплар алды.

Конференцияда бағдарлама бойынша көркем бөлим басланды. Қарақалпак әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгереги ағзалары 1-курс студентлери Бердақ шайырдың қосықларын көркемлеп оқыды. 2-курс студентлери Бердақтың «Ақмақ патша» дәстанынан сахналык көринис қойып берди. Ал, 3-курс студентлери шайыр дөретиўшилиги бойынша исленген илимий изертлеў жумыслары менен таныстырды. Конференция мазмунлы жуўмақланды.

