Психология кафедрасында психологиялық шынығыўлар ҳәм тренинг өткериў бойынша илаж өткерилди

30-ноябрь күни институтымыздың педагогика факультети психология кафедрасында оқытыўшы А.Даўекеева шөлкемлестириўинде «Психологиялық шынығыўлар ҳәм тренинг өткериў» атамасында илаж өткерилди.

Илажға кафедра жанында дүзилген «Жас психолог» дөгерегиниң ағзалары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Дөгерек ағзалары тәрепинен интуицияны ҳәм инсан дыққатының бөлистирилиўин анықлайтуғын бир неше методикалар өткерилип, жаслардың тема бойынша тәжирийбе ҳәм көнликпелер топлаўына тийкар жаратты.