Филология факультетинде «Нәшебентлик – әсир обасы» атамасындағы көркем-әдебий кеше болып өтти

Институтымыздың филология факультети өзбек тили ҳәм әдебияты және түркмен тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарларының студентлери шөлкемлестириўинде «Нәшебентлик – әсир обасы» атамасындағы көркем-әдебий кеше болып өтти.
Кешеге факультет деканы А.Абдиев, декан орынбасарлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Илажда студент-жаслар глобаллық машқалаға айланған нәшебентликтиң аянышлы, унамсыз ақыбетлери ҳаққындағы баянатлары, презентациялары ҳәм сахналық көринислерин жыйналғанлар итибарына усынды.
