Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдарының студенти «Зульфия» сыйлығының республикалық басқышына жоллама алды

Институтымыздың педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 1-курс студенти Азиза Юсупова Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың республикалық басқышына жоллама алған еди.

14-декабрь күни усы тәлим бағдары студентлери Азиза Юсупова менен ушырасыў шөлкемлестирип, онда кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен республикалық басқышта табыслар тиленди ҳәм оған саўғалар тапсырылды.